Эксимбанк АҚШ ҳүкиметиниң рәсмий экспорт-кредит агентлиги болып, Америка компанияларының сыртқы экономикалық искерлигин раўажландырыўды қоллап-қуўатлайды, қамсызландырыў, кепиллик ҳәм кредит қуралларын усынады.
Бул абырайлы институт пенен таярланған қоспа бағдарлама тийкарында энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, IТ ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы ири жойбарларды қаржыландырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Эксимбанктың миллий авиапаркти модернизациялаў ҳәм Boeing самолётларын жеткерип бериўдеги қатнасына айрықша итибар қаратылды. Әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм узақ мүддетли шериклик режесин ислеп шығыўға келисип алынды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жанында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм АҚШ Эксимбанки арасында қоспа жойбарларды қаржыландырыў ҳаққындағы келисим алмасылды.









