Жон Кеннеди атындағы халықаралық аэропортта мәмлекетимиз басшысын АҚШ Президентиниң глобал шерикликлер бойынша арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Америка - Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Президенти БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясының улыўма додалаўларында шығып сөйлейди, сондай-ақ, бир қатар сырт мәмлекетлердиң жетекшилери, халықаралық шөлкемлер ҳәм финанслық структуралардың басшылары менен сөйлесиўлер өткереди.
АҚШтың ири корпорацияларының басшылары менен өз алдына ушырасыўлар ҳәм жетекши компанияларының ўәкиллери менен дөгерек сәўбетинде қатнасыў да режелестирилген.












