Сарай 1960-1964-жыллары өзине тән араб архитектурасы усылында қурылған ҳәм 1990-жылға шекем Кувейтке келген сырт ел басшылары ушын рәсмий резиденция болып хызмет еткен.
2019-жылы сарайда музей ашылған болып, онда 32 мың квадрат метр майданда Кувейттиң көп әсирлик тарийхы ҳәм мәдениятын сәўлелендиретуғын бийбаҳа экспонатлар көрсетилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы музей экспозициясы менен танысып, оның архитектуралық концепциясы ҳәм заманагөй инфраструктурасына жоқары баҳа берди.
Өзбекстан менен Кувейт мәдений алмасыўларын, атап айтқанда, музей иси ҳәм тарийхый мийрасты сақлаў тараўындағы байланысларды кеңейтиў, биргеликтеги гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара көргизбелер шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев музейдиң Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба жазып қалдырды.