Ушырасыў алдынан UNFPA басшысы мәмлекетимиз жетекшисине БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.
БМШтың бул абырайлы мәкемеси менен халықтаныў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда Өзбекстанның UNFPA менен бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Репродуктивлик саламатлық, гендер теңлик, демографиялық турақлылықты тәмийинлеў тараўларында әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды. Қор елимиз тарийхында биринши мәрте халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўда белсене қатнасты.
Аналар ҳәм балалар саламатлығын беккемлеў, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын қорғаў бағдарындағы унамлы нәтийжелер айрықша атап өтилди.
Бирге ислесиўди және де тереңлестириў, соның ишинде, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаңа қоспа басламаларды әмелге асырыў, Өзбекстанда ҳәм БМШ майданларында жоқары дәрежедеги илажларды өткериў бойынша келисимге ерисилди.