Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриштиң қызғын сәлемин жеткерди.
БМШ институтлары, атап айтқанда, Арнаўлы ўәкил офиси менен баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша көп қырлы шерикликти раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Арнаўлы ўәкил Өзбекстан жетекшисиниң балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды тартыслы аймақлардан қайтарыў, балалар мийнетин сапластырыў бағдарындағы нәтийжели реформаларын жоқары баҳалады.
Бала ҳуқықларына байланыслы халықаралық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў, бала ҳуқықларын қорғаў бойынша нызамшылық ҳәм миллий институтлардың жумысын жетилистириў мәселелеринде бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында балаларға қарата зорлықтың алдын алыў бойынша регионаллық конференция ҳәм БМШ бас резиденциясында Өзбекстанның әмелий тәжирийбеси менен танысыў бойынша дөгерек сәўбетин өткериў мәселелери көрип шығылды.