Өзбекстан менен Уллы Британия арасындағы өз-ара пайдалы шерикликти, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Сиясий сөйлесиў жедел раўажланып, барлық дәрежедеги алмасыўлар жеделлескени атап өтилди. Қәўипсизлик тараўында нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.

Кейинги 5 жылда товар алмасыў 2 есеге артты.

Лондон фонд биржасында Өзбекстанның 15 миллиард доллардан аслам баҳадағы суверен ҳәм корпоратив облигациялары жайластырылды. Өткен жылы Биргеликтеги экономикалық комитет механизми иске қосылды.

Уллы британиялы шериклер менен биргеликте Президент мектеплери шөлкемлестирилген, үш университет табыслы жумыс алып бармақта. Өзбекстанға келетуғын британиялы туристлердиң саны артпақта.

Сөйлесиўде энергетика, қаржы, геология, транспорт, химия, фармацевтика, илим ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық ҳәм глобаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.