Сапар бағдарламасына муўапық, 2-3-июль күнлери Баку қаласында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси ҳәм басқа да жоқары дәрежедеги илажлар болып өтеди.
Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында кооперация ҳәм алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.
Өзбекстан Президенти 4-июль күни Ханкенди қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 17-саммитинде қатнасады ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.









