Өзбекстан Президенти ЕТРБ менен шерикликтиң тийкарғы мәселелерин додалады

    Сиясат 11 маусым 2025 1506

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-июнь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң үшинши мәжилиси алдынан Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Өзбекстан менен бул абырайлы халықаралық финанслық институт арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Биргеликтеги жойбарлар портфели кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди: ЕТРБның Өзбекстанға инвестициялары 5,5 миллиард евродан асты. Усы жылы және 1,1 миллиард евро тартыў режелестирилген болып, оның үлкен бөлеги жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға бағдарланады.

    Шериклик стратегиясы нәтийжели әмелге асырылмақта. ЕТРБның белсене жәрдеми менен банк тараўы трансформацияланбақта.

    Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў әҳмийетли екенин атап өтип, оның тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.

    Суў тәмийнаты системасын технологиялық жақтан модернизациялаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарламасын алға қойыў, ипотека базарын, еркин экономикалық зоналар инфраструктурасын раўажландырыў, киши ҳәм орта бизнес имканиятларын кеңейтиў, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў сыяқлы бағдарлар усылардың қатарына киреди.

    Билимлендириў ҳәм медицина тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын алға қойыў, жасалма интеллектти енгизиў ҳәм санлы трансформацияға қаратылған стартапларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

    Сырт ел инвесторлары кеңесиниң болажақ үшинши мәжилисиниң күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates