Өзбекстан Президенти General Motors International корпорациясы басшылары менен ушырасты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Вашингтон қаласына әмелий сапары шеңберинде General Motors International компаниясының глобаллық атқарыўшы директоры Шилпан Аминди қабыллады.

    Бул глобал корпорация менен узақ мүддетли бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Мәмлекетимиз автомобиль санаатын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўда General Motors International компаниясының орны ҳәм әҳмийети айрықша атап өтилди.

    Соңғы 5 жылда компания тәрепинен 1,6 миллион дана автомобиль ислеп шығарылған болып, Өзбекстан Chevrolet бренди ушын АҚШтан кейинги екинши ири базар ҳәм Орайлық Азия және ҒМДА базарларында сатыў бойынша жетекши болып есапланады.

    Өндирис кооперациясын буннан былай да раўажландырыў, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң номенклатурасын кеңейтиў ҳәм локализациялаўды тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

    Заманагөй машина қурылысында талап жоқары болған жаңа технологиялар ҳәм шийки зат ресурслары тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates