баннер
25 Apr 2025
02:53

    Өзбекстан Президенти Ҳиндстан менен парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириўге шақырды

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы шеңберинде Ҳиндстан Республикасы парламентиниң төменги палатасы - Лок Сабҳа Спикери Ом Бирла басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан спикер мәмлекетимиз басшысына Ҳиндстан Бас министри Нарендра Модидиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

    Көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары товар алмасыўда турақлы өсиў бақланбақта, табыслы кооперациялық жойбарлар көбеймекте, авиақатнаўлар кеңеймекте.

    Энергетика, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, IТ, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Өзбекстанда Ҳиндстанның 4 университетиниң филиаллары жумыс алып бармақта.

    Сөйлесиўде тығыз парламентлераралық алмасыўларды, тараўлық комитетлер дәрежесинде жедел байланысларды жолға қойыў, дослық топарлары ҳәм жаслар платформаларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларының потенциалын нәтийжели иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech