Топар қурылыс, таў-кән санааты ҳәм энергетика тараўларында жумыс алып барып атырған ең ири компаниялар қатарына киреди.
Өзбекстан тәжирийбесин қолланған ҳалда Пакистандағы перспективалы мыс, алтын ҳәм әҳмийетли минерал кәнлерде биргеликте геологиялық изертлеўлер өткериў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси компания басшысының Пакистан пайтахтында Имам Бухарий комплексин қурыў ҳәм Самарқандта мийманхана қурыў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлады.