Кувейтке әмелге асырылып атырған тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан менен Кувейт арасында кең көлемли шериклик қатнасықларын раўажландырыў бойынша жоқары дәрежеде қарар қабыл етилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сыртқы сиясий уйымлар арасында турақлы мәсләҳәтлесиўлерди шөлкемлестириў ҳәм Самарқанд қаласында өтетуғын "Орайлық Азия - Араб қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" саммитине биргеликте таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сапар етиў шеңберинде Кувейт араб экономикалық раўажланыў қоры менен жаңа бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылғаны жоқары баҳаланды.
Азық-аўқат қәўипсизлиги, санаат кооперациясы, инфраструктура, туризм ҳәм басқа да бағдарларда жойбарларды алға қойыў және мәмлекетлер арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.












