Кеңесгөйдиң усы жылғы жумысының тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.
Мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалын халықаралық майданда және де алға қойыў, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесин жуўмақлаў бойынша әмелий илажлар көриў, сырт елдеги жетекши билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик хызметкерлердиң маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Болажақ Өзбекстан инвестициялық потенциалы "роад-шоуы"н ҳәм Ташкент халықаралық инвестициялық форумын жетекши сырт ел компаниялары ҳәм қаржы институтларын тартқан ҳалда жоқары дәрежеде өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда Санлы технологиялар халықаралық орайы жанында Ташкент халықаралық коммерциялық судын иске қосыўдың әмелий тәреплери, мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинглердеги орнын беккемлеў, экономикалық раўажланыў тараўында фундаментал изертлеўлер алып барыў бойынша биринши гезектеги илажларға тоқтап өтилди.