Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси усы абырайлы көп тәреплеме қаржы институтының басшысын лаўазымға кирискени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстанның Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен стратегиялық шериклигин кеңейтиўдиң әмелий мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Кейинги жылларда банк пенен көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Әмелге асырылып атырған ҳәм перспективалы қоспа жойбарлар портфели 7 миллиард доллардан артты. Тек ғана өткен жылы қаржыландырыў көлеми 1 миллиард доллардан асламды қураған.

Өзбекстан Президенти жеке меншик секторды, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын таярлаў ҳәм алға қойыў, кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, альтернатив энергетика, энергия нәтийжелилиги, суў тәмийнаты, социаллық тараў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

АИИБ регионаллық әҳмийетке ийе ири инфраструктуралық жойбарларда белсене қатнасыўы әҳмийетли екени атап өтилди.

Цзоу Цзяи, өз гезегинде, мәмлекетимиздеги өзгерислердиң көлемин жоқары баҳалап, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таяр екенин билдирди.