Илажда жигирмадан аслам мәмлекет басшылары ҳәм ўәкиллери, соның ишинде, Россия, Беларусь, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Монголия, Тәжикстан, Түркменстан, Иран, Вьетнам, Египет ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жетекшилери қатнасты.

ҚХР Баслығы Си Цзиньпин өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги шараятта тарийхый естеликти қәстерлеп сақлаў, тынышлықты сақлаў ҳәм әдилликти тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Парадта Қытай халық азатлық армиясының 45 бөлими қатнасты. Қытай қорғаныў санааты тәрепинен ислеп шығарылған ракета системалары, танклар, авиация техникасы ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратларының ең соңғы үлгилери көрсетилди.

Бундай парадлар 1949-жылдан берли Пекинде өткерилип келинбекте, қураллы күшлердиң соңғы үлкен көриги болса 2019-жыл 1-октябрьде болып өткен ҳәм онда 15 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнасқан.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пекин қаласындағы салтанатлы илажларда қатнасыўы мәмлекетимиздиң халықлар арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеў, тынышлық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында регионаллық ҳәм глобаллық дәрежеде конструктивлик сөйлесиўди раўажландырыўға қаратылған избе-из сыртқы сиясатының гезектеги тастыйығы болды.