Өзбекстан Президенти рәсмий сапар менен Словенияға келди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Словения Республикасы Президенти Наташа Пирц Мусардың мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен Люблянаға келди.

    Самолёт алдында мәмлекетимиз басшысын Бас министрдиң орынбасары - сыртқы ислер министри Таня Файон ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Йоже Пучник атындағы халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

    Сапар етиў бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси Словения Президенти Наташа Пирц Мусар менен сөйлесиўлер өткереди, мәмлекет парламенти ҳәм ҳүкимети басшылары менен ушырасыўлар өткереди, биргеликтеги бизнес форумында қатнасады.

    Өз-ара пайдалы саўда-экономикалық шерикликти раўажландырыў, санаат, фармацевтика, электротехника, "жасыл" энергетика, аўыл хожалығы тараўларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў, мийнет миграциясы бойынша бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық байланысларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates