Мәмлекетимизде интеграцияласқан атом электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў, сондай-ақ, тыныш атом тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Өткен жылы октябрьде киши қуўатлылықтағы биринши реактор имаратының тырнағын қалаў жумыслары басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Электр станциясын жойбарластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
Ташкент қаласындағы "ММФИ" миллий изертлеў ядро университетиниң филиалы тийкарында өткен жылдың декабрь айында атом энергетикасы ҳәм ядро технологиялары бойынша алдыңғы инженерлик мектеби иске қосылды.
Аўыл хожалығы ҳәм медицинада ядролық технологияларды қолланыў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, тараўда маман кадрлар таярлаў, илимди раўажландырыў ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыўға да айрықша итибар қаратылды.