Өзбекстан Президенти "Sea Breeze" курорт комплексиниң жумысы менен танысты

    Сиясат 2 шілде 2025 1994

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға мәмлекетлик сапарының биринши күни жуўмағында Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев пенен биргеликте "Sea Breeze" дем алыў комплексиниң жумысы менен танысты.

    Сапар етиў ўақтында Каспий теңизиниң батыс жағасындағы бул ири халықаралық туристлик орайдың жумысы ҳаққында презентация өткерилди.

    Мәмлекетимиз басшысына бул жерде жаратылған шараятлар, дем алыў зоналары, пляжлар, спорт майданшалары, мийманханалар, коттеджлер ҳәм турақ жай комплекслери ҳаққында мағлыўмат берилди.

    Жойбар заманагөй "Каспий дәрьясы"на айланған. Курорт дерлик 500 гектар майданды ийелеген. Бул жерде 6,5 километрлик пляж зонасы, 150 гектар майданда жасыл аймақлар ҳәм дем алыў объектлери бар болып, 700 мыңға шамалас терек ҳәм путалар егилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates