Сапар етиў шеңберинде мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен сөйлесиў өткерди.
Президент Шавкат Мирзиёев Душанбе қаласында өткен "Орайлық Азия - Россия" форматындағы екинши саммит ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Өзбекстан жетекшиси сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм көп тәреплеме шерикликтиң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар басламаларды алға қойды.
Сапар бағдарламасындағы илажлар жуўмақланғаннан соң, Душанбе халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзода ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.











