Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди муўапықластырыў ҳәм алға қойыўда Ақсақаллар кеңесиниң роли ҳәм белсене қатнасыўы артып атырғанын есапқа алып, шөлкем шеңбериндеги ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитлериниң жуўмағында қабыл етилген бағдарлама ҳәм басламаларды әмелге асырыў мақсетинде әмелий шерикликти кеңейтиў ҳәм байланысларды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
ТМШ шеңбериндеги болатуғын илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў мәселелери көрип шығылды.
Ақсақаллар кеңеси Түркий мәмлекетлер шөлкеми жанындағы турақлы мәсләҳәт уйымы есапланатуғынын атап өтиў керек.
Түркий дүнья қала қурылысы конгресси 2002-жылы Анкара қаласында шөлкемлестирилген Инженерлер ҳәм архитекторлар аўқамы тәрепинен өткериледи. Бирлеспе жумысында Самарқанд ҳәм Наўайы қалаларының ҳәкимликлери белсене қатнаспақта.