"Биньхай" халықаралық аэропортында самолёт алдында мәмлекетимиз басшысын ҚХР транспорт министри Лю Вэй ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Жоқары мәртебели мийманлардың ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси 31-август - 1-сентябрь күнлери Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм "ШБШ плюс" форматындағы саммит илажларында қатнасады.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм шөлкемниң жумысын жетилистириў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қояды.















