Жақын Шығыстағы кейинги ўақыялар, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетип атырған кейинги ўақыялар додаланды.
Мүбәрек Рамазан айында мусылман үммети аўызбиршиликли болып, тилеклеслик, туўысқанлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик принциплери тийкарында бир-бирин қоллап-қуўатлаўы керек екенлиги атап өтилди.
Елимиз тынышлығы ҳәм пуқаралардың абаданлығына үлкен қәўип туўдырып атырған, бийгүна инсанлардың жәбирлениўине себеп болып атырған ҳәр қандай ҳәрекетлер жеделлик пенен сапластырылыўы, барлық машқалалар тек ғана дипломатиялық ҳәм сөйлесиўлер жолы менен шешилиўи керек екенлиги атап өтилди.
Президентимиз Бахрейн басшысы ҳәм халқына қоллап-қуўатлаў ҳәм тилеклеслик сөзлерин билдирди.
Патша Ҳамад бин Исо Ол Халифа, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди.