баннер
11 Apr 2025
08:15

    Өзбекстан Президенти ҳәм Пакистан Бас министри қоспа бизнес форумында қатнасты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф Өзбекстан-Пакистан бизнес форумында қатнасты.

    Илажда еки мәмлекет жетекши компанияларының 300 ге шамалас басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты. Пакистан тәрепинен "Al-Rafique Enterprises," "Mehran Dates Products", "Brighto Chemicals", "Transfopower Industries", "FWO", "T.M.C", "Pakistan Mobile", "TCS" ҳәм басқа да көплеген компаниялар қатнасты.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгин болып өткен нәтийжели сөйлесиўлерде ҳәр тәреплеме шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланғаны, үлкен реже ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынғанын атап өтти. Жоқары дәрежедеги стратегиялық шериклик кеңесин дүзиўге келисип алынды.

    Саўда-экономикалық бирге ислесиў еки тәреплеме қатнасықлардың "локомотиви" сыпатында белгиленди.

    - Үлкен потенциалға ийе болған экономикаларымыз бир-бирин толықтырыўға уқыплы, - деди Президентимиз.

    Өткен жылдың жуўмақларына бола, товар алмасыў көлеми 400 миллион доллардан артты, 130 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Усы жағынан Өзбекстан Пакистанның Орайлық Азиядағы ең ири саўда шеригине айланды.

    Кейинги жылларда бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша илажлар жедел әмелге асырылмақта. Лаҳор менен авиақатнаўлар тикленди, рейслердиң санын көбейтиў ҳәм пәрўазлар географиясын кеңейтиў режелестирилген. Бизнес форумлар, санаат көргизбелери өткерилмекте. Карачи ҳәм Ташкент қалаларында саўда үйлери шөлкемлестирилген.

    Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўи жаңа жойбарлар менен байымақта. "Pak Merit", "Diamond Group", "Silk-way", "Getz Pharm", "Gerbion", "NLS" ҳәм басқа да компаниялар менен жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Мәмлекетимиз басшысы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша бир қатар усынысларды алға қойды.

    Бәринен бурын, жылына кеминде еки мәрте - Өзбекстан ҳәм Пакистанда бизнес ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда исбилерменлик илажларын турақлы өткерип барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Географиялық жақынлықты есапқа алып, товар алмасыў көлемин кескин арттырыў, соның ишинде, әмелдеги Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар номенклатурасын кеңейтиў, фитосанитария, карантин ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, банклераралық есап-санақлар механизмлерин жетилистириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Электрон саўда платформаларын интеграциялаўға айрықша итибар қаратылады.

    Транспорт ҳәм логистика имканиятлары кеңеймекте. Кейинги жыллары мәмлекетлер арасында жүк тасыў көлеми 5 есеге артты. Бул тараўдағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде биргеликтеги транспорт-логистика компаниясын шөлкемлестириў режелестирилген.

    Қытайды Орайлық Азия менен байланыстыратуғын темир жол қурылысы басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Келешекте бул стратегиялық жол Пакистан портларына алып шығыўы мүмкин, бул болса өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етеди.

    Санаат кооперациясын жедел раўажландырыў мәмлекетлеримиздиң тийкарғы мәплерине сәйкес келеди.

    Фармацевтика, аўыл хожалығы, геология, таў-кән, электротехника, тоқымашылық, былғары санааты ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлар усылардың қатарына киреди.

    Аймақлараралық бирге ислесиў потенциалынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мәниде, аймақлар басшыларының өз-ара сапарларын жеделлестириў, онда еки мәмлекет исбилермен топарларын кеңнен тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф, өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар бағдарламасын, сондай-ақ, бизнес жүргизиў ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалап, шерикликти кеңейтиў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech