"Эндрюс" авиабазасында мәмлекетимиз басшысын Америка - Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, Миссисипи штаты Миллий гвардиясы бирлескен штабының баслығы Жеймс Хэнкинс ҳәм басқа да рәсмий шахслар, Вашингтондағы резиденцияда болса АҚШ Президентиниң арнаўлы елшиси Паоло Замполли күтип алды.
Мәмлекетимиз басшысы АҚШқа сапары шеңберинде Тынышлық кеңесиниң биринши саммитинде ҳәм бир қатар исбилерменлик илажларында қатнасады.