Мәмлекетимиз басшысы Қытай бизнесиниң Өзбекстанға қызығыўшылығы ҳәр қашанғыдай жоқары екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылдың өзинде бул мәмлекеттен тартылған инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан артты.
"China State Construction" компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Чжен Сюэсюан менен сәўбетте Ташкент қаласында жол инфраструктурасын модернизациялаў бағдарындағы бирге ислесиў нәтийжелери жоқары баҳаланды. Ташкент қаласында мәденият объектлерин шөлкемлестириў бойынша перспективалы режелер додаланды.
Ташкент ўәлаятында санаат зонасын қурыў жойбарын баслаў ҳәм компанияның автомобиль жоллары қурылысында қатнасыўы ҳаққында келисип алынды.
"China General Nuclear Power" корпорациясының баслығы Ян Чанли менен сөйлесиўлерде таў-кән санаатында шерикликти беккемлеў мәселелери дыққат орайында болды. Геология-излеў жумысларын жеделлестириў ҳәм жаңа кәнлерди өзлестириўге қызығыўшылық билдирилди. Компанияның гибрид қуяш электр станциясын қурыў ҳәм бажыхана жүклерин сканерлеў технологияларын енгизиў режелери қоллап-қуўатланды.
"CAMCE" корпорациясының баслығы Ван Бо менен пайтахтымызда Олимпиада қалашасын қурыў бойынша биргеликте әмелге асырылған жумыслар жуўмақланды. Компания басқарыўында Ташкент қаласындағы "Жаңа әўлад" индустриаллық технопарки жедел раўажланып атырғаны атап өтилди.
Биргеликтеги басламалар портфелин кеңейтиў, атап айтқанда, электр энергетикасы ҳәм Жаңа Ташкент қаласын инфраструктуралық раўажландырыў жойбарларын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
"Goldwind" компаниясының баслығы Ву Ганг пенен компанияның "жасыл" энергетиканы раўажландырыўдағы қатнасы бойынша пикир алысылды. Өзбекстанда компания менен биргеликте самал электр станциялары ушын комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў жолға қойылған.
Самал генераторларын ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм ағымдағы жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.
"ZTO Express" компаниясының басшысы Ху Сянлян мәмлекетимиз басшысына Өзбекстанда товарларды бажыхана рәсмийлестириўинен өткериўге жәрдемлесиў бойынша онлайн платформаны иске қосыў ҳәм "ақыллы" логистика қоймаханаларын шөлкемлестириў нийети ҳаққында мағлыўмат берди.