Илажда “China Gold”, “China Coal Resources”, “China Datang Corporation”, “Tianjin Rail Transit Group”, “Poly Changda”, “Tianjin Urban Construction”, “Jinchuan Group”, “China Synfuels”, “Jinchuan”, “ST Wonderful”, “Mizuda”, “World Agriculture”, “Dongzhu Ecology” ҳәм басқа да компаниялардың басшылары қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы Қытай бизнесиниң Өзбекстанға қызығыўшылығы ҳәр қашанғыдай жоқары екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Өткен жылдың өзинде инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан асты.
Ушырасыўда энергетика, геология, аўыл ҳәм суў хожалығы, химия, зергерлик санааты, жәмийетлик транспортты модернизациялаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм туризм тараўларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.









