Саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Ильҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, тийкарғы тараўларда қоспа жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саммит алдында мәмлекетимиз басшысы Әзербайжанның Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына толық ҳуқықлы қатнасыўшы сыпатында қосылғанын қанаатланыўшылық пенен жәриялады. Өзбекстан жетекшиси атап өткениндей, бул қарар улыўма тарийх, туўысқанлық, руўхый ҳәм мәдений жақынлық пенен беккем байланысқан халықларымыздың мәплерине толық жуўап береди.
Сондай-ақ, бул стратегиялық қәдем Мәсләҳәт ушырасыўларына күшли пәт бағышлап, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, турақлы раўажланыў мәселелери бойынша биргеликтеги шешимлерди ислеп шығыў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынына исеним билдирди.
- Тийкарынан айтқанда, биз Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында беккем көпир қурамыз, бирден-бир бирге ислесиў мәканын қәлиплестириўге жол ашамыз, бул, әлбетте, еки регионның стратегиялық өз-ара байланыслылығы ҳәм турақлылығын күшейтеди, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Буннан соң Өзбекстан жетекшиси региондағы кейинги жыллардағы интеграция процесслерине қысқаша баҳа берди.
Аймақлық мәселелер бирме-бир шешилди, шегара пунктлери ашылды, суў-энергетика тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылды, транспорт қатнаўлары тикленди, жедел саўда-инвестициялық ҳәм гуманитарлық байланыслар ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
- Бүгин Орайлық Азия - жедел раўажланыў ҳәм нәтийжели бирге ислесиў мәканы болып, алдымызда турақлы өсиў ҳәм раўажланыў ушын жаңа имканиятлар ашпақта, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Регион жәҳән экономикасына жеделлик пенен интеграцияланбақта: оның инвестициялық тартымлылығы артып бармақта, үшинши мәмлекетлер базарларына экспорт имканиятлары кеңеймекте, транзит потенциалы артпақта. Өткен жылы регион еллери арасындағы өз-ара саўда көлеми 10,7 миллиард долларға жетти, Орайлық Азияға киргизилген инвестициялардың улыўма көлеми 17 процентке артты.
Қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, терроризм ҳәм экстремизм, трансшегаралық жынаятшылық қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў мәселелери бойынша системалы илажлар көрилмекте.
Халықаралық шериклик ҳәм глобаллық мәселелерде регионның роли күшеймекте, "Орайлық Азия плюс" форматларындағы бирге ислесиў күшеймекте, регион абырайлы халықаралық майданларда бирден-бир позиция менен қатнаспақта.
Әзербайжан форматына қосылыўы менен регионымыздың дүнья жәмийетшилигиндеги ҳаўазы және де әҳмийетли болатуғынына исеним билдирилди.
Өзбекстанның басшылығы дәўиринде 20 дан аслам ири илажлар өткерилгени атап өтилди. Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде Аймақлараралық бирге ислесиў форумының жумысы жолға қойылды, биринши мәрте қорғаныў уйымлары басшылары, арнаўлы хызметлер басшылары, сондай-ақ, геология, санаат, аўыл хожалығы, экология ҳәм мәденият министрлериниң мәжилислери өткерилди. Күни кеше Ташкентте Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи табыслы өткерилди.
Бул илажлардың барлығы регионаллық шерикликтиң институционаллық тийкарлары ҳәм механизмлери системалы түрде кеңейип атырғанынан айқын дәрек екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы қыйын ҳәм алдыннан айтып болмайтуғын халықаралық-сиясий процесслер шараятында регион мәмлекетлериниң аўызбиршилигин ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
- Бүгин регионымыз Жаңа Орайлық Азия сыпатында тарийхый тиклениў босағасында турғанымызға исенемен. Биз өз алдымызға бирге ислесиўимиздиң институционаллық тийкарларын және де беккемлеў, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў қәўип-қәтерлерине муўапықластырылған жуўаплар ислеп шығыў ўазыйпасын қойғанбыз. Биз ушын ҳәзирден-ақ регионды 10-20-жылдан кейин қандай көргимиз келетуғынын анық түсинип алыў әҳмийетли, - деди Президент.
Мәмлекетимиз жетекшиси регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў бойынша бир қатар басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, бул ушырасыўларды регионаллық сөйлесиўдиң мәсләҳәтлесиў түринен "Орайлық Азия шериклиги" стратегиялық форматына айландырыў усыныс етилди. Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳаққындағы режени ислеп шығыў, оның айланба тийкарында жумыс алып баратуғын Секретариатын шөлкемлестириў, миллий муўапықластырыўшылардың статусын Президентлердиң арнаўлы ўәкили дәрежесине көтериў усы бағдардағы дәслепки қәдемлер болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Президент, сондай-ақ, бай турмыслық тәжирийбеге ийе, абырайлы жәмийетлик ғайраткерлерден ибарат Ақсақаллар кеңесин шөлкемлестириў, бул болса әўладлар арасындағы байланысты, улыўма регионаллық тилеклесликти ҳәм өз-ара бирдейликти беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Өзбекстан жетекшиси саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериў ўазыйпасының тийкарғы екенин, бул болса орта мүддетли келешекте өз-ара саўда ҳәм улыўма сыртқы саўда айланысының көлемин 1,5-2 есеге арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, салық ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, еркин экономикалық ҳәм санаат зоналарынан биргеликте пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
- Бизиң пикиримизше, жоқарыдағы мәселелерди қамтып алған 2035-жылға шекемги дәўирде саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша кең көлемли регионаллық бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў саўда көлемин сезилерли дәрежеде арттырыў ушын қолайлы шараятлар жаратады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан тысқары, регионда бирден-бир инвестициялық орталықты қәлиплестириў ушын Улыўма инвестициялық мәкан ҳаққындағы декларацияны қабыл етиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул тараўдағы көзқарасларды үйлестириў, виртуал саўда майданларын ҳәм исенимли санлы төлем системаларын жаратыўға қаратылған Электрон коммерцияны раўажландырыў бойынша биргеликтеги илажлар бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Регионаллық жоқары технологиялық инфраструктура ҳәм транспорт-логистика потенциалын биргеликте раўажландырыў регионның келешеги ушын оғада әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
- Электр станциялары, узатыў линиялары, автомобиль ҳәм темир жоллары, шегара өткериў пунктлери, "жасыл коридорлар", оптикалық талшықлы линиялар ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетке ийе улыўма регионаллық жойбарларды қурыў ҳәм модернизациялаў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириўди усыныс етемиз,-деди мәмлекетимиз жетекшиси.
Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы ҳәм Трансаўған транспорт коридорын қурыў регионлараралық транспорт байланыслылығының тийкарғы жойбарлары сыпатында көрсетип өтилди. Регионды Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын Транскаспий жолларының үлкен имканиятларына итибар қаратылды.
Бул бағдарлардағы жумысларды муўапықластырыў ушын Бас министрлердиң орынбасарлары дәрежесинде Инфраструктуралық раўажланыў бойынша кеңес шөлкемлестириў усыныс етилди.
Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў шеңберинде саммитте қабыл етилип атырған ҳүжжетлер - Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылық концепциясы және Қәўип-қәтерлер каталогы жоқары баҳаланды.
Аўғанстандағы жағдай пүткил регионның қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыўына тәсир етип атырғанын есапқа алып, бул мәмлекетти регионаллық инфраструктура, энергетика ҳәм транспорт жойбарларына интеграциялаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Өзбекстан басшысы жақында өткерилген "Ферғана тынышлық форумы"н турақлы халықаралық форумға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Регион мәмлекетлери ушын экология, климат ҳәм суў ресурсларының жетиспеўшилиги мәселелериниң әҳмийетлилиги күшейип атырған бир шараятта Орайлық Азияны "жасыл" раўажландырыў концепциясын жедел қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Регионда суў жетиспеўшилиги артып баратырғанын есапқа алып, 2026-2036-жылларды "Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" деп жәриялаў усыныс етилди.
Қоңсы Аўғанстанды Әмиўдәрья бассейниниң суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў бойынша регионаллық сөйлесиўге жедел тартыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Суў тараўында кадрларды профессионал таярлаўға инвестиция киргизиў мақсетинде Өзбекстан Президенти Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты негизинде Суў хожалығы тараўындағы регионаллық компетенциялар орайын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, келеси жылы мәмлекетимизде өткерилиўи режелестирилген Жәҳән суўды үнемлеў форумында белсене қатнасыўға шақырды.
Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Усы мәниде, Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайы жасларды өзине тартатуғын, илимий ҳәм руўхый ағартыўшылық орайына айланатуғынына үмит билдирилди.
Сондай-ақ, саммит алдынан пайтахтымызда биринши мәрте өткерилген Руўхый мийрас ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша халықаралық конгрессти турақлы өткерип барыў усыныс етилди.
Бул теманы раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти регионымыздың белгили илимпаз ҳәм ойшылларының глобал ағартыўшылықтың раўажланыўына қосқан үлесине бағышланған БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын алға қойды.
Илимий-билимлендириў кооперациясы шеңберинде мәмлекетлераралық жойбарларды қаржыландырыў, академиялық жәмийетшиликти хошаметлеў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде Илимий изертлеўлер фондын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан жетекшиси бүгин қабыл етилип атырған ҳүжжетлер ҳәм алға қойылып атырған басламаларда бәрше ушын улыўма болған - турақлы, қәўипсиз ҳәм раўажланған Орайлық Азияны қурыў мақсети жәмленгенин атап өтти.
- Айрықша атап өтпекшимен: бизиң күшимиз - аўызбиршиликте, табысқа ерисиў жолымыз - дослық ҳәм бирге ислесиўде. Биз тек ғана биргеликте, өз-ара ҳүрмет, аўызбиршилик ҳәм стратегиялық көзқарасқа сүйенип, ийгиликли мақсетлеримизге ерисе аламыз, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин 2026-жылы "Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан" жаңа форматта өтетуғын мәмлекет басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына басшылықты қабыл етип алғаны мүнәсибети менен де қутлықлады.
Буннан соң Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжан жетекшилери, сондай-ақ, БМШтың Орайлық Азия мәмлекетлери ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Каха Имнадзе шығып сөйлеп, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң мүрәжатын оқып еситтирди.















