Өзбекстан Президентиниң АҚШқа сапары жуўмақланды

    Сиясат 25 қыркүйек 2025 3635

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясы 80-юбилей сессиясының илажларында қатнасыў ушын Нью-Йорк қаласына болған тарийхый сапары жуўмақланды.

    Мәмлекетимиз басшысы АҚШқа сапары ўақтында Бас Ассамблеяның улыўма сиясий додалаўларда шығып сөйлеп, БМШтың ең әҳмийетли глобаллық машқалаларды шешиў ушын тийкарғы платформа сыпатындағы орнына, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларға айрықша тоқтап өтти.

    Өзбекстан жетекшиси халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе ең әҳмийетли мәселелерди шешиў, тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.

    Өзбекстан басшысының АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен ушырасыўы сапардың орайлық ўақыясы болды. Мәмлекет басшылары Өзбекстан-АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды.

    Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, БМШ Бас хаткери А.Гутерриш, Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён, Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн, Чехия Республикасы Президенти Петр Павел, Албания Президенти Байрам Бегай, сондай-ақ, ХВФ басқарыўшы директоры Кристалина Георгиева, Жәҳән банки топарының президенти Ажай Банга ҳәм Жәҳән саўда шөлкеминиң бас директоры Нгози Оконджо-Ивеала менен де сөйлесиўлер өткерди.

    Өзбекстан Президенти АҚШ Президентиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Сержио Горди, АҚШ Конгрессиндеги "Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус" баслығы, конгрессмен Трент Келлини қабыллады.

    Сапардың исбилерменлик бағдарламасы да мазмунлы болды. Өзбекстан жетекшиси АҚШ исбилерменлериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети, сондай-ақ, бир қатар жетекши трансмиллий компаниялар, корпорациялар, инвестициялық фондлар ҳәм финанслық институтлар - "Traxys", "FLSmidth", "McKinsey", "Go Green Partners", Колорадо геология мектеби, "BlackRock", "Boeing Global", "Franklin Templeton", "Citigroup", "Air Products", "BNY", "Jefferies", "NASDAQ", "Oppenheimer", "Air Products" ҳәм басқа да көплеген компаниялардың басшылары менен сөйлесиўлер өткерди.

    Ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер нәтийжесинде орта мүддетли жойбарлар бағдарламасы қәлиплестирилди. Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Сержио Гор жанында әҳмийетли минераллар, пуқаралық авиация, химия санааты, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда қол қойылған еки тәреплеме саўда шәртнамалары ҳәм инвестициялық келисимлерди алмасыў мәресими болып өтти.

    Америка Қурама Штатларына сапарының жуўмағында мәмлекетимиз басшысы, дәстүрге бола, АҚШта жумыс ислеп ҳәм жасап атырған бир топар ўатанласларымыз, сондай-ақ, Американың жетекши университетлеринде билим алып атырған "Эл-юрт умиди" қорының стипендиантлары менен ушырасты.

    Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласына жөнеп кетти.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates