Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-декабрь күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Саудия Арабстаны Патшалығының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юсуф ал-Утайбийди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Саудия Арабстаны елшисиниң нәтийжели жумысы ҳәм ҳәр тәреплеме шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде системалы сөйлесиў ҳәм жедел байланыслар жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў, тиккелей инвестициялар ҳәм қоспа кәрханалардың саны избе-из артып бармақта. Саудияның жетекши компаниялары менен жойбарлар портфели 27 миллиард доллардан артты.

"Жасыл" энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда жойбар ҳәм басламалар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Усы жылдың октябрь айында Саудия Арабстанында Өзбекстан мәденияты күнлери үлкен табыс пенен өткерилди. Мәмлекетимиз Ар-Рияд қаласында болып өткен Халықаралық китап көргизбесинде қатнасты.

Өзбекстан жетекшиси Саудия Арабстаны ҳүкиметине пуқараларымыздың Ҳаж ҳәм Умра сапарларын әмелге асырыўы ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў соңында Өзбекстан Президенти Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы дослық ҳәм көп қырлы шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын Юсуф ал-Утайбийге "Дўстлик" орденин тапсырды.

Елши мәмлекетимиз басшысына оның дипломатиялық миссиясына берилген жоқары баҳа, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстанының кең көлемли бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.