Өзбекстан Республикасы халықаралық инвестициялық арбитраж исинде жеңип шықты

    24 сәуір 2025 970

    Арбитраж иси Бурсел компаниясының басламасы менен 2017-жылдың июль айында басланып, дерлик 7 жыл даўам еткен.

    2024-жыл 10-октябрь күни Инвестициялық келиспеўшиликлерди шешиў халықаралық орайының (ICSID) арбитраж трибунали «Bursel Tekstil Sanayi Ve Diş Ticaret A.Ş.» (Түркия) компаниясы ҳәм Түркия Республикасы пуқаралары (Бурсел компаниясы) даўасы бойынша Өзбекстан Республикасына қарсы ашылған халықаралық арбитраж иси бойынша қарарын шығарды.

    Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди. Атап өтилиўинше, даўа муғдары шама менен 700 миллион АҚШ долларын қураған.

    Бул шығарылған арбитраж судының қарарына бола, Бурсел компаниясының барлық даўалары бийкар етилип, оларға Өзбекстан тәрепиниң арбитраж қәрежетлерин қаплап бериў белгиленген.

    Арбитраж иси Бурсел компаниясының басламасы менен 2017-жылдың июль айында басланып, дерлик 7 жыл даўам еткен.

    Арбитраж қағыйдаларына муўапық, арбитраж трибунали қарары жуўмақлаўшы ҳәм мәжбүрий есапланады.

    Бул арбитраж исинде Өзбекстан Республикасы мәплерин қорғаў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм White&Case халықаралық юридикалық фирмасы (Вашингтон, АҚШ) тәрепинен тәмийинленди.

    Бурсел компаниясының мәплерин қорғаў «Başpinar & Partners Law Firm», «Beckett Law LLC», «Cooley LLP», «Cooley LLP (2020-жылға шекем), «Freshfields Bruckhaus Deringer LLP» (2022-жылға шекем) халықаралық юридикалық фирмалары тәрепинен тәмийинленди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates