Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясына жаңа басшы сайланды

    Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры, мәмлекетлик гүрес федерациясының басшысы Ниғматилла Йўлдошев мәмлекет спорт гүреслери ассоциациясының баслығы етип сайланды.

    Бүгин Миллий Олимпиада комитетинде Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының гезексиз есап бериў-сайлаў конференциясы болып өтти.

    Конференцияда Асссоциация Атқарыў комитети шөлкем басшылығына Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры, мәмлекетлик гүрес федерациясының басшысы Йўлдошев Ниғматилла Тўлқиновичтиң кандидатурасы алға қойылды.

    Адҳам Илҳамович бул талабан ҳаққында пикир билдирип, Н.Йўлдошевтиң спорт басқарыўы тараўында топлаған үлкен тәжирийбеси елимизде спорт гүресиниң раўажланыўын да жаңа басқышқа алып шығыўда пайда ететуғынын атап өтти.

    Мәжилис қатнасыўшылары бир аўыздан Ниғматилла Толқыновичтиң кандидатурасын мақуллады ҳәм Н.Йўлдошев мәмлекет спорт гүреслери ассоциациясының баслығы етип сайланды.

    Буннан соң ассоциация Бас хаткери Шуҳрат Мамадалиев Лос-Анжелес-2028 жазғы Олимпиада ойынларына таярлық бойынша реже менен таныстырды. Онда ҳәр бир салмақ категориясында тийкарғы ҳәм резерв қурамы қәлиплестирилгени, ҳәзирги ўақыттағы машқала ҳәм кемшиликлерге тоқтап өтти. Атап айтқанда, ҳаял-қызлар гүресинде және де көбирек жолламалар алыў, грек-рим гүресшилеримиздиң де Олимпиадалардағы нәтийжелилигин арттырыў, еркин гүрес бағдарында ишки бәсекини күшейтиў солардың қатарына киреди.

    Илаж соңында Отабек Муҳаммадалиевич ассоциация жаңа басшылығының жумысына әўмет тилеп, ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен бирге жаңа шеклердиң қолға киргизилетуғынын билдирди.