Жәҳән бажыхана шөлкеминиң жыллық сессиясында Кеңес Баслығы ҳәм орынбасары, Сиясий комитет ағзалары, Қаржы ҳәм аудит комитетлериниң баслықлары, орынбасарлары ҳәм ағзалары сайланды.
Әҳмийетли тәрепи сонда, ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Өзбекстан Жәҳән бажыхана шөлкеминиң аудит комитетиниң ағзалығына сайланды!
Қурамына дүньяның 12 мәмлекетинен ағзалар сайланатуғын бул комитет ЖБШ ның финанслық ҳәм ишки басқарыўын нәтийжели қадағалаў менен шуғылланады.
Бажыхана комитетиниң Баслығы А.Мавлонов Өзбекстанның Жәҳән бажыхана шөлкеми Аудит комитетиниң ағзалығына қабыл етилгени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Өзбекстан тәрепинен шөлкем шеңберинде финанслық ашық-айдынлық, нәтийжели басқарыў ҳәм есап бериўди тәмийинлеўге және де көбирек үлес қосыўға исеним билдирди.
Ҳақыйқатында да, Өзбекстанның Аудит комитети шеңбериндеги жумысы ЖБШ ның потенциалын беккемлеўге ҳәм барлық ағза мәмлекетлердиң мәплерине бирдей хызмет етеди.









