Оған бола, әмелдеги Жәҳән чемпионы Аргентина сайланды командасы жетекшиликти сақлап қалды. Екинши орынға 1854 очко менен Францияны артта қалдырған Испания жайласты. Күшли үшликти Франция жуўмақлап берди.
Өзбекстан сайланды командасы бир текше жоқарылап, 57-орынға шығып алды. "Ақ қасқырлар" Япония (15), Иран (18), Қубла Корея (23), Австралия (26) ҳәм Қатар (55) сайланды командаларынан кейин Азия континентинде алтыншы орында бармақта.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан сайланды командасы март айындағы ФИФА күнлеринде Жәҳән чемпионаты сайлап алыўы шеңберинде Қырғызстан (1:0) ҳәм Иран (2:2) сайланды командалары менен ойын өткерди.









