U-17 Жәҳән чемпионаты қурамы нәтийжелерине бола Өзбекстан жас өспиримлер сайланды командасы Парагвай, Панама ҳәм Ирландия менен бир топардан орын алды. Шек таслаў 25-май күни Доҳа қаласында өткерилди.
Өзбекстан дәслепки ойынды 5-ноябрь күни Парагвайға қарсы өткереди. 8-ноябрь күни Ирландияға қарсы майданға түседи, топар басқышы 11-ноябрь күни Панамаға қарсы ойын менен жуўмақланады.
Ушырасыўлардың барлығы Доҳа қаласындағы Aspire zone стадионында болып өтеди.
"Ҳәр үш қарсылас да өз регионының күшли ўәкиллери есапланады ҳәм бул турнирге мүнәсип тәризде жол алған. Соның ушын ҳәр бир ойынға өз алдына ҳәм пуқта таярлық көремиз.
Парагвай - Қубла Американың физикалық күш, тәртип ҳәм техника үйлесими менен ажыралып туратуғын командасы. Олар ҳеш қашан гүрестен шегинбейди. Панама болса CONCACAF регионында жылдан-жылға өсип баратырған футбол мектебине ийе. Олардың ойын стили тезлик, қарсы ҳүжим ҳәм жоқары прессинге тийкарланған. Ирландия классик Европа футболының ўәкили болып, күшли қәлиплескен ойын ҳәм тәртип пенен ажыралып туради.
Гүмансыз, топардағы барлық командалар күшли. Бул басқышта аңсат қарсылас жоқ. Бирақ биз де Азия чемпионлары сыпатында бул жарыста тек ғана қатнасыў ушын емес, ал қәлеген командаға қарсы бәсекилесиў, өз потенциалымызды көрсетиў ҳәм елимиздиң атын мүнәсип қорғаў ушын ҳәрекет етемиз.
Командамызда исеним бар, соңғы жылларда үлкен тәжирийбе арттырған, бир қатар аўыр беллесиўлерден өткен ҳәм енди ҳәр бир ойынға терең таллаў, анық реже ҳәм жоқары руўхый таярлық пенен шығады. Бар итибарымызды қарсыласларды терең үйрениўге, климат ҳәм орталыққа бейимлесиўге, сондай-ақ, футболшыларымызды руўхый ҳәм тактикалық жақтан ең жоқары дәрежеде таярлаўға қаратамыз. Елимиз байрағын дүнья көлеминде жоқары көтериў ҳәм футбол ықласбентлерине қуўаныш бағышлаў биз ушын мақтаныш," - деп атап өтти Исломбек Исмоилов.









