Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы қатнасықларды беккемлеў мәселелери додаланды.
Парламентлераралық бирге ислесиў, инсан ҳуқықларын қорғаў, қәўипсизликти тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў, гендер теңликти алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын, соның ишинде, Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызлары қарым-қатнасы регионаллық платформасы шеңберинде де кеңейтиў мәселелерин додалады.
Өзбекстанның GSP+ бағдарламасына киргизилиўи шеңберинде инсан ҳәм мийнет ҳуқықларын қорғаў, қоршаған орталықты, климатты қорғаў ҳәм нәтийжели басқарыўды тәмийинлеўге байланыслы 27 әҳмийетли халықаралық конвенцияны нәтийжели әмелге асырыў бойынша миннетлемелер додаланып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул миннетлемелердиң орынланыўы Европа Аўқамы менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм Өзбекстанның халықаралық базарларға интеграцияланыўы ушын жаңа имканиятлар жаратады.
Тәреплер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлигин додалап, турақлылық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын регионаллық бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўге қаратылған режелерди әмелге асырыў бойынша жедел сөйлесиў алып барыў ҳәм биргеликтеги жумысларды даўам еттириў ҳаққында келисимге ерисилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.