Өзбекстан ҳәм Монголия жетекшилери сөйлесиўлердиң жуўмақларын есаплады

    Сиясат 24 маусым 2025 2059

    Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелери бойынша пикирлерин билдирди.

    Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң басында дос Монголия халқын жақынласып киятырған миллий байрам - Халық революциясы күни менен қызғын қутлықлады.

    - Монголстанлы досларымыздың социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўдағы итибарға ылайық табыслары ҳәм жетискенликлеринен шын жүректен қуўанышлымыз, сизиң тынышлық сүйер сыртқы сиясатыңызды толық қоллап-қуўатлаймыз, - деди мәмлекетимиз жетекшиси.

    Бүгинги күнде Монголия экономикасы турақлы жоқары өсиў пәтлерин көрсетип атырғаны атап өтилди. Мәмлекетте санаат тармақлары, аўыл хожалығы, инфраструктура модернизацияланбақта. Қарақурым қаласын кең көлемли реконструкциялаў жумыслары басланған. Избе-из, прагматикалық ҳәм жедел сиясат себепли мәмлекеттиң халықаралық абырайы артпақта.

    Өзбекстан Президентиниң Монголияға дәслепки сапары еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларының раўажланыўында тарийхый ўақыя болғаны айрықша атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўдиң тийкарғы нәтийжелеринен бири сыпатында Өзбекстан-Монголия бирге ислесиўинде жаңа басқышты баслап беретуғын әҳмийетли ҳүжжет - Кең көлемли шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылғанын атап өтти.

    Сөйлесиўлер даўамында әмелий бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы мәселелери ҳәм перспективалы бағдарлары ҳәр тәреплеме көрип шығылғаны, келешекке мөлшерленген анық ўазыйпалар ҳәм режелер белгилеп алынғаны айтылды.

    2024-жылы Ташкентте болып өткен саммиттен соң барлық бағдарларда байланыслар жеделлескени атап өтилди. Усы жылдың февраль айында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилиси нәтийжели өткерилди.

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде тығыз бирге ислесиў ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алынды.

    Өзбекстан Президентиниң сөзлерине бола, сөйлесиўлерде тийкарғы итибар экономикалық бирге ислесиўге қаратылды. Жақын жылларда товар алмасыў көлемин, бәринен бурын, өтимли өнимлер номенклатурасын ҳәм көлемин кеңейтиў арқалы бир неше есеге арттырыў ўазыйпалары белгиленди. Улан-Баторда көргизбе залына ийе болған Өзбекстан саўда үйиниң ашылыўы бул жумыслар ушын әмелий тийкар болатуғыны атап өтилди.

    Сапар алдынан Өзбекстан ҳәм Монголия исбилерменлериниң бизнес форумы ҳәм ушырасыўлары табыслы өткерилгени, жаңа шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәмлекет басшылары буннан былай да исбилерменлик ушын барлық шараятларды жаратыў ҳәм олардың исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға келисип алды.

    Усы мүнәсибет пенен жеңиллетилген саўда ҳәм инвестицияларды өз-ара қорғаў ҳаққындағы келисимлерди ең қысқа мүддетлерде қабыл етиўге келисип алынды.

    Буннан тысқары, сөйлесиўлер ўақтында еки мәмлекет экономикалары бир-бирин нәтийжели толықтырыўы мүмкин болған тармақларда санаат кооперациясының анық бағдарлары белгилеп алынды.

    Соның ишинде, минерал ресурсларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў, аўыл хожалығы, шарўашылық, жеңил санаатта бирге ислесиў, соның ишинде, жүн, терини терең қайта ислеў ҳәм көплеген басқа да бағдарларда жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

    Теңизге шығыў имканияты жоқ мәмлекетлер сыпатында экспертлерди кеңнен тартқан ҳалда нәтийжели транспорт жөнелислерин биргеликте раўажландырыўға келисип алынды. Усы жылдың гүзинен пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылатуғыны атап өтилди.

    Мәденият, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириўге келисип алынды. Усы күнлерде Улан-Баторда Өзбекстан мәденияты күнлери, еки мәмлекет туристлик шөлкемлериниң ушырасыўлары өткерилмекте.

    Тәреплер турақлы түрде өз-ара концертлер, көргизбелер, кино презентацияларын шөлкемлестириў, фестивалларда қатнасыўға келисип алды.

    Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы ажыратылып атырған квоталар шеңберинде моңғолстанлы жаслардың Өзбекстандағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўын қайта жолға қойыўға таяр екенин билдирди.

    Ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў ушын еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен кең көлемли "жол картасы" қабыл етилетуғыны атап өтилди.

    Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Монголия Президентин рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўге мирәт еткенин мәлим етти.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates