Россия менен жоқары билимлендириў ҳәм илимий бирге ислесиў жолындағы бирге ислесиў жаңа басқышларда даўам еттириледи

    Усы жылы 29-апрельде Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов Россия Илим ҳәм жоқары билимлендириў министриниң орынбасары Константин Могилевский менен ушырасты.

    Ушырасыў даўамында тәреплер инженерлик ҳәм техника тараўларында илимий-технологиялық бирге ислесиўди күшейтиў, алдынғы инженерлик мектеплерин жаратыў, Өзбекстанда Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалын ашыў, 11 бағдарды өз ишине алған биргеликтеги илимий изертлеўлер таңлаўын жәриялаў мәселелерин додалады.

    Сондай-ақ, усы жылы 30-апрельде Ташкент қаласында болып өтетуғын ҒМДА инновациялық раўажланыў форумы ҳәм ҒМДА Илимий-техникалық ҳәм инновациялық тараўларда бирге ислесиў бойынша мәмлекетлераралық кеңестиң гезектеги мәжилисине байланыслы шөлкемлестириў жумыслары көрип шығылды.

    Ушырасыў жуўмағында өз-ара стратегиялық байланысларды және де беккемлеў бойынша келешектеги бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды, деп хабар бермекте Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates