Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери "Заманлар ҳаўазы" көргизбеси менен танысты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен бирге Самарқандтағы халықаралық туризм орайында шөлкемлестирилген "Заманлар ҳаўазы" көргизбесине барды.

    Мийманларға көргизбениң тийкарғы бөлеги - түнги саҳра көриниси көрсетилди. Жулдызлы аспанда буржлар, Мырза Улығбек картасы ҳәм меридианлар көринеди. Тамашагөй тап Уллы Жипек жолы бойлап ҳәрекетленип атырған кәрўан сыяқлы қум төбеликлери арасынан өтеди. Жол бойлап адамзат цивилизациясының раўажланыў тарийхы жарытып барылады.

    Өзбек ҳәм түркмен көркем өнер шеберлери атқарыўында дуўтар ҳәм танбур шертилип, уллы шайырлар Әлийшер Наўайы ҳәм Мақтумқулының ғәззеллери оқылды.

    Инновациялық презентацияда арнаўлы безеўлер ҳәм театрластырылған сахналар кеңнен қолланылғаны мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates