Бул ҳаққында Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, 2024-жыл 16-июль күни қол қойылған "Өзбекстан ҳәм Түркменстан Ҳүкиметлери арасында узақ мүддетли саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳаққындағы Келисимге еркин саўда режиминен өзгешеликлер ҳаққында"ғы билдириў күшке кириўи ушын зәрүр тәртип-қағыйдалардың еки тәреплеме орынланыўы жуўмақланды.
Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында 2025-жыл 25-февральдан еркин саўда режими енгизилди.
Мағлыўмат ушын: усы Баянлама Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январьдағы ПҚ-29-санлы қарары менен тастыйықланған. 2024-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда айланысы 1,14 миллиард долларды қурап, алдынғы жылға салыстырғанда 5,5 процентке артқан.
Режимниң енгизилиўи нәтийжесинде, айырым түрдеги өнимлерден тысқары, еки мәмлекетте ислеп шығарылған товарларға бажыхана бажылары бийкар етилип, өз-ара товарлар саўдасындағы бар шеклеўлер сапластырылды ҳәм саўда тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды.
Мәселен, Түркменстанға алып кирилип атырған жергиликли цемент өнимлери (бажыхана төлеми 100%), тоқымашылық гезлемелери (50%), мебель (50%), шийше ыдыслар (50%), суў ысытыў қазанлары (15%), пластик ҳәм полипропилен өнимлер (10%), колбаса ҳәм гөш өнимлери (1 кг ушын 2 доллар), пахта майы (1 кг ушын 1 доллар) бойынша бажыхана төлемлери бийкар етилди.
Бажысыз саўда режиминиң қолланылыўы келешекте еки мәмлекет арасында инвестиция тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм санаат кооперацияларын раўажландырыў арқалы өз-ара саўда айланысының көлемин арттырыўға тийкар жаратады.