Бул ҳаққында "Дүнья" ХА хабар бермекте.
Қытай Сыртқы ислер министрлигиниң Консуллық департаментиниң Виза сиясаты ҳәм ислери басқармасы директоры Сон Шию менен коньсуллық-ҳуқықый тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы кең көлемли мәселелер додаланды.
Сөйлесиўлер ўақтында Қытайдың виза сиясаты, еки мәмлекет пуқараларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў және Өзбекстан - Қытай арасындағы тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый базаны кеңейтиў бойынша пикир алысылды.
Қытай тәрепине соңғы жыллары мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў, исбилерменлик, бизнес ҳәм сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар және бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Ҳүкиметимиз тәрепинен Өзбекстан ҳәм дүньяның басқа да мәмлекетлери арасында визаларды либералластырыўға тийкарғы мәселе сыпатында қаралып атырғаны атап өтилип, бул бағдарда ерисилген унамлы нәтийжелерге тоқтап өтилди.
Өзбекстан тәрепи ушын келешекте де коньсуллық-ҳуқықый тараўдағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларынан бири сырт мәмлекетлер менен виза тәртибин буннан былай да еркинлестириў, атап айтқанда, виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққындағы келисимлерге ерисиў кереклиги атап өтилди.
Тәреплер, өз-ара нәтийжели бирге ислесиў нәтийжесинде еки мәмлекет пуқаралары алмасыўын кеңейтиў ҳәм туризм тараўын избе-из раўажландырыўдан бирдей мәпдар екенин атап өтти.
Басқарма директоры Сон Шию Өзбекстандағы сиясий, экономикалық унамлы өзгерислер, әсиресе, кейинги жыллары дүнья мәмлекетлери менен визаларды либералластырыў бағдарында алып барылған нәтийжелерди жоқары баҳалап, Қытай тәрепи де бул бағдардағы бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.
Тараўға байланыслы алдында турған мәселелерди биргеликте шешиўге келисип алынды.