Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф туўылғанының 71 жыллығы белгиленди

    26 сәуір 2025 657

    Әндижан қаласындағы Муҳаммад Юсуф майданында ел сүйген дөретиўши, Өзбекстан халық шайыры Муҳаммад Юсуф туўылған күниниң 71 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

    Ўәлаят ҳәкимлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ўәлаятлық бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебият ықласбентлери, жоқары оқыў орынлары, улыўма билим бериў мектеплериниң оқытыўшылары, студент ҳәм оқыўшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, дөретиўши жаслар қатнасты.

    Илаж алдынан қатнасыўшылар тәрепинен Муҳаммад Юсуф бюстине гүлшеңберлер қойылып, марҳум шайырға ҳүрмет көрсетилди.

    Муҳаммед Юсуф өз ана халқының жоқары арзыў-нийетлерин, әрманларын, ертеңги күнге болған үмит ҳәм исенимин өз ҳаўазы, өз сазы менен толқынланып жырлаған. Әсиресе, оның ўатансүйиўшилик, миллет сүйиўшилик темасындағы қосықлары ҳәр бир өзбектиң жүрегинен беккем орын алған.

    Илажда шығып сөйлеген Әндижан ўәлаятының ҳәкими Шуҳратбек Абдураҳмонов шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, әсиресе, оның елди, жоқары адамгершилик пазыйлетлерди улығлаўшы бийтәкирар қатарлары халқымыздың қәлбинен беккем орын алғанын, жасларымызда ўатансүйиўшилик, ўатанға пидайылық сезимлерин және де беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates