Әлбетте, усы қутлы күнлерде Рамазан айын халқымыз бенен бирге тынышлық-татыўлық, аўызбиршилик ҳәм татыўлықта және бир мәрте күтип алып атырғанымыз ушын бәршемиз Жаратқанға шүкиршилик етемиз.

Халқымыздың жәмийетлик-руўхый турмысында айрықша әҳмийетке ийе, инсанды ийгиликли әмеллерге шақыратуғын бул айды мүнәсип өткериў мақсетинде быйыл да елимизде үлкен таярлық жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мәҳәлле халқы, жәмийечтшилик ўәкиллери тәрепинен турақ жайлар, мешит ҳәм медреселерди абат етиў, кекселер ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў, қоңсы-қобалар, ағайин-туўысқанларға итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, Рамазан айына байланыслы илажларды шөлкемлескенлик пенен өткериўге үлкен итибар қаратылмақта.

Әлбетте, булардың барлығы бийбаҳа байлығымыз - тынышлық-татыўлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик орталығын беккемлеў, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

Ҳақыйқатында да, Рамазан айының бундай өзине тән өзгешеликлери, оның жоқары руўхый-ағартыўшылық әҳмийети мине усындай ийгиликли әмеллерде айқын көринеди.

Бул ҳаққында сөз еткенде, соңғы жыллары Өзбекстанда инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық әдилликти орнатыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, сол тийкарда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар халқымыздың турмысын түп-тийкарынан өзгертип атырғанын атап өтиў орынлы.

Бул ийгиликли арзыў-нийетлер елимизде жәрияланған Мәҳәлле ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы ҳәм бул бағдарда баслаған әмелий жумысларымыздың мазмун-мәнисин белгилеп бермекте.

Мәҳәлле - жәмийетимиздиң тийкары. Соның ушын мәҳәлле раўажланса, жәмийет те раўажланады. Жәмийетимиздиң табысы ҳәм абаданлығы мәҳәллелердиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы менен тығыз байланыслы.

Әзиз дослар!

Бул қутлы күнлерде ата-бабаларымыздың естелигин қәдирлеў, олардың жақсы ҳәм ийгиликли дәстүрлери менен басламаларын даўам еттириў бәршемиз ушын ең әҳмийетли ўазыйпа ҳәм мақтаныш болып есапланады.

Соңғы жыллары елимизде ислам дини ҳәм мәдениятын раўажландырыўға шексиз үлес қосқан уллы ойшылларымыздың зыярат етиў орынларын абаданластырыў, олардың илимий мийрасын тиклеў ҳәм үйрениў, әсиресе, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғаны бәршеңизге жақсы белгили.

Уллы бабаларымыздың даңқлы дәстүрлерине садық болған халқымыздың күш-ғайраты ҳәм умтылысы менен Ташкент қаласында Ислам цивилизациясы орайын, Самарқанд қаласында Имам Бухарий комплексин қурыў жумыслары айрықша архитектуралық жойбарлар тийкарында жуўмақланғанын мақтаныш пенен атап өтпекшимен.

Мүбәрек Рамазан күнлеринде ҳүрметли уламаларымыз, илимий ҳәм дөретиўши зыялыларымыз, кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында мине усындай бийтәкирар мәнаўият орайларында уллы ойшылларымыздың естелигине бағышланған қайырқомлық илажларын ҳәм саўлатлы комплекслердиң ашылыў мәресимлерин өткериў нийетиндемиз.

Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта дүньяның түрли регионларында урыс ҳәм келиспеўшиликлер даўам етпекте. Пәк нийет ҳәм ийгиликли арзыў-нийетлер әмелге асырылып атырған бул қутлы айда ҳәр қандай тартыс ҳәм қарама-қарсылықлар тоқтап, тынышлық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў орнаўын шын жүректен тилеп қаламыз.

Пурсаттан пайдаланып, сырт еллердеги ўатанласларымызды, пүткил мусылман үмметин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди тынышлық, жақсылық ҳәм мийрим-шәпәәт айы - мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте қутлықлайман.

Усы қуўанышлы күнлерде бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.

Жаратқанның өзи елимизди, халқымызды ҳәмийше сақласын, барлық ийгиликли арзыў-нийетлеримизди әмелге асырсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти