Өзбекстан жаслары - жаңа тарийх жарататуғын алтын әўлад

    Президент Шавкат Мирзиёев 30-июнь - Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген ушырасыўда шығып сөйледи. Өзбекстан жасларын усы қутлы әййям менен қутлықлап, оларға меҳир ҳәм исенимин билдирди.

    Мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған шараятлар анық нәтийжелер берип атырғаны атап өтилди. Өткен жылы елимиз жаслары "ТОП-500"ге кирген жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи. Бүгинги күнде 30 жигит-қыз дүньядағы "ТОП-10", 500 и "ТОП-100" ҳәм 1 мың 500 и "ТОП-300"ден орын алған абырайлы университетлерде билим алмақта.

    Ўатанласларымыз көркем өнер, спорт тараўларында да үлкен табысларға ериспекте. Жақында футбол бойынша миллий сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

    - Биринши ҳәм екинши Ренессансты уллы улама ҳәм ойшылларымыз жаратқан болса, бүгин тарийх нәўбетти сизлерге бермекте. Сизлер барлық тараўларда мәмлекетимиз байрағын бәлент көтериўге уқыплы екениңизге исенемен. Сизлер - Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында жаңа тарийх жарататуғын алтын әўладсыз, - деп атап өтти Президент.

    Жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў, шет тиллерин үйретиў, кәсип ийелеп, турмыста мүнәсип орын табыўына жәрдемлесиў - мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпасына айланған. Онда заман талабынан келип шығып, зәрүр шараятлар жаратылмақта.

    Соның ишинде, "Бир миллион программист" жойбары шеңберинде 325 мың жас оқытылған. Өткен жылы 150 мыңнан аслам жигит-қыз халықаралық тил сертификатларын алған, бул - 2023-жылға салыстырғанда 2 есеге көп.

    Быйыл 35 миллиард долларлық 8 мың 300 жойбар арқалы 292 мың жумыс орны жаратылмақта. Және 500 мың жумыс орнын жарататуғын 83 миллиард долларлық жойбарлар режелестирилген. Нәтийжеде "жасыл" экономика, санаат, энергетика, геология, инженерлик ҳәм басқа да тараўларда мыңлаған қәнигелерге талап пайда болады.

    Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы жасларға имканиятларды кеңейтиўге қаратылған әҳмийетли басламаларды билдирди.

    Атап айтқанда, Президентимиздиң пәрманы менен Беруний атындағы халықаралық мектеп шөлкемлестирилди. Оған 8-класс питкериўшилери арасынан 60 оқыўшы таңлап алынып, 3 бағдарда тереңлестирип оқытылады.

    Миллий бағдарлама тийкарында ҳәр жылы ең потенциаллы 3 мың оқыўшы таңлап алынып, Гарвард, Йель, Колумбия, Корнель сыяқлы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына таярланады. Соннан кеминде 300 и жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери болады.

    Абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына кирип атырған барлық жаслар да 100 процентлик грант алыў имканиятына ийе емес. Соның ушын енди "Эл-юрт умиди" қоры тәрепинен "ТОП-300"лик жоқары оқыў орнына киргенлердиң оқыў ҳәм жасаў қәрежетин қаплаў системасы жаңа тәртипте ислей баслайды.

    Бәринен бурын, илим, технология, инженерлик ҳәм математика, энергетика, транспорт, урбанизация, архитектура, қурылыс, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы драйвер тараўлар ушын квоталар арттырылмақта. Енди банклер "ТОП-300"ли жоқары оқыў орнына кирген жасларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген кредит береди.

    Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетиканы тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп, 100 жойбар әмелге асырылады. Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы иске қосылады.

    Массачусец технология институтының жасалма интеллект билимлендириў бағдарламасы тийкарында информатика оқыў бағдарламалары жаңаланады. Ўәлаятлардағы информатика муғаллимлери Жаңа Өзбекстан университетинде усы бағдарламаға оқытылады.

    "Санлы әўлад қызлары" таңлаўында билимлендириў, жасалма интеллект, "жасыл" экономика, климат өзгериўи сыяқлы тараўларда 7 мың оқыўшы ҳәм студенттиң 120 стартап жойбары таңлап алынды. Усы жылы бул жойбарға кеминде 50 мың қызлар қамтып алынады.

    Стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша система жаратылып, оларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилди. Енди бул қаржы 1 миллиард долларға жеткериледи. Мектеплерде оқыўшылар ушын "Шеберлик ҳәм бизнес сааты" енгизилип, олардың идеясын стартапқа айландырыўға 100 миллиард сум грант қаратылады.

    Жоқары оқыў орынлары арасында да стартаплар бойынша ҳәр жылы "Ең жақсы креатив идея" таңлаўы өткерилип, жеңимпазларға жоқары оқыў орны қорынан 300 миллион сумға шекем грант бериледи.

    Стартапты прототиплестириў ҳәм сынақтан өткериў ушын Инновация агентлиги ҳәм IТ-парк изертлеў ҳәм раўажланыў орайын ашады. Онда, ең жақсы жойбарлар бойынша прототип жаратыў қәрежетиниң 50 мың долларға шекемги бөлеги "Жаслар венчур" қорынан қапланады.

    Енди санаат, сервис, исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығында бәнт жаслардың кәсиплик раўажланыўы бойынша да система жаратылады. Ҳәр бир кәсип бағдары бойынша жаслар арасында республикалық жарыслар өткериледи. Онда мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери теңдей қатнасады.

    Тармақ басшылары ҳәр жылы өз системасындағы 100 жасты селекциялап, сырт елге стажировкаға жибериўди жолға қояды. Буның ушын, ҳәр бир тармақ 10 миллиард сумнан ажыратады.

    Бизге белгили, мектеп питкериўшилери ҳәм студентлердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша еки бағдарлама қабыл етилген. Усы мақсетте Алоқабанк ҳәм Миллий банкке 300 миллион доллар ажыратылған. Олар "Жаслар бизнеси" бағдарламасы шеңберинде 100 мың жасты, "Келешекке қәдем" арқалы 140 мың жоқары оқыў орны питкериўшисин дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеўге жуўапкер болады.

    Бәнтлик министрлиги, Саўда-санаат палатасы Миллий банк пенен бирге жылдың ақырына шекем жоқары оқыў орны, техникум, кәсиплик билимлендириў питкериўшилерин жумыс бериўшилер менен байланыстыратуғын платформаны иске қосады. "Ҳәрекетте дәрамат" электрон системасы жаратылып, дем алыстағы 3 миллион жас маманлық талап етпейтуғын жумысларға тартылады.

    Кейинги жети жылда басқарыў кадрларының қурамы әдеўир жасарып, 40 жасқа шекемги басшылардың үлеси 37 проценттен 65 процентке артты. Өткен айда перспективалы кадрлар таярлаў ҳәм оларды мәмлекетлик басқарыўға тартыў бойынша Президент пәрманына қол қойылды.

    Енди Мәмлекетлик басқарыў академиясында "Келешек лидерлери" бағдарламасы бойынша ҳәр жылы 100 потенциаллы жас оқытылады. Олар министр ҳәм ҳәкимлерге бириктирилип, тәжирийбе арттырады. Еки ҳәптеге сырт ел стажировкасына жибериледи. Бағдарламаны тамамлаған жаслар басшылық лаўазымларына тийкарғы талабан болады.

    Жаслардың тәлим-тәрбиясында китапқумарлық, көркем өнер ҳәм мәденияттың әҳмийети үлкен. Соның ушын бул бағдардағы таңлаўларда жеңимпаз болғанлар шетки аймақлардағы мектеплерге барып, шығып сөйлейди. Буның ушын ўәлаят ҳәкимлери биреўден автобус алып береди.

    Республикалық таңлаў жеңимпазларына мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларына кириўде жеңиллик бериледи. "Иқтидор" мектеп ансамбли таңлаўының ўәлаят басқышының жеңимпазлары Балалар ҳәм музыка көркем өнери мектеплеринде бийпул оқытылады.

    Жас әўладта ўатансүйиўшиликти күшейтиў, ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден сақлаў мәселеси де әҳмийетли. Пайтахтымыздағы "Жеңис парки"нде ашылған "Миллет пидайылары" монументинен де мақсет сол. Онда елимиздиң тынышлығы жолында әзиз жанын пидә еткен 196 мәрт әскерлеримиз, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлериниң атлары мөрленген. Бул қутлы жерди зыярат еткен жасларда Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезими және де жоқарылатуғыны атап өтилди.

    Мәмлекетимиздиң жасларға байланыслы сиясаты халықаралық жәмийетшилик те кеңнен тән алмақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми "Жаслар - 2030" стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарына кирди. Жаслар раўажланыў индексинде мәмлекетимиз бул бағдарда ең тез пәтлер менен раўажланып атырған мәмлекет, деп табылды.

    Бухара қаласы - Түркий дүнья жасларының пайтахты, Ташкент қаласы - Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы жасларының пайтахты статусын алды.

    Усы күнлерде елимизде Глобал жаслар фестивалы болып өтпекте. Бул форум тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил дүнья жаслары ушын нәтийжели бирге ислесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы болатуғыны атап өтилди.

    Президентимиз жаслардың билим ҳәм қәбилетин атап өтип, олар менен мақтанатуғынын атап өтти.

    - Сизлердиң ҳәр бир жетискенлигиңиз - пүткил халқымыздың жетискенлиги. Сизлердиң күш-ғайратыңыз, саламат дүньяқарасыңыз, бахыт-ығбалыңыз - миллионлаған ата-аналар, устаз-тәрбияшылар, жақынларыңыздың да бахыт-ығбалы, - деди мәмлекетимиз басшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates