Онда Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова, Өзбекстанның ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкили Камол Мухторов ҳәм ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң баслығы Вера Лакей қатнасты.

Ушырасыўда мәмлекеттиң ЮНЕСКО мақсетлерине садықлығы ҳәм шөлкем жумысына қосып атырған турақлы үлеси тән алынды. Усы ушырасыў ўақтында Өзбекстан 2027-2030-жыллар даўамында ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң ағзалығына кандидатурасын рәсмий алға қойғаны мәлим етилди.

Тәреплер мәдениятлараралық қарым-қатнасты беккемлеў, жаңа басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм 2025-жыл ноябрь айында Самарқандта өткерилиўи режелестирилген ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы шеңберинде додаланыўы күтилип атырған жойбарлар бойынша да пикир алысты.

Қор мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, ушырасыўда Өзбекстанның бул басламасы халықаралық мәдений бирге ислесиўге садықлығы ҳәм әмелий жумысының айқын үлгиси сыпатында тән алынды.