Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен және 9 сийрек ушырасатуғын терек «MonumentalTress.com» халықаралық дизимине талабан етип киргизилди.

Олардың арасында Қарақалпақстандағы 100 жастан асқан 5 қайрағаш, Жиззақ қаласындағы 200 жастан асқан тут, Каттақорған қаласындағы 250-300 жыллық тут тереги, Нарпай районындағы 450 жыллық ҳәм Паяриқ районындағы 1000 жастан асқан шынар тереклери бар.

Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бул халықаралық дизимге өзиниң тәбийғый мийрас объектлерин киргизген биринши ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында үшинши мәмлекет болды. Буннан алдын Россия ҳәм Әзербайжан да бул дизимге кирген.

Еслетип өтиў орынлы, алдын Жиззақ ўәлаяты Фориш районындағы 1500 жыллық шығыс биотасы тереги де «MonumentalTress.com» дизимине киргизилген.