Аутодонорлық - бул инсан өз қанын алдыннан тапсырып, кейин ала медициналық зәрүрлик жүзеге келгенде сол қанды өзине қайта қуйыў әмелияты есапланады. Ол тийкарынан донорға басқа адамның қанын қуйыў имканияты болмаған, қан группасы сийрек ушырасатуғын ямаса донор ямаса оның нызамлы ўәкили аллоген қан қуйылыўын бийкар еткен жағдайларда қолланылады.
Бул буйрық Әдиллик министрлиги тәрепинен 2026-жыл 28-январь күни мәмлекетлик дизимнен өткерилди (регистрация номери - 3763) ҳәм рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке кирди.
Тастыйықланған режеге бола, аутодонорлық 18 жасқа толған шахслар тәрепинен мәмлекетлик денсаўлықты сақлаў системасындағы медициналық мәкемелерде, донор ямаса оның нызамлы ўәкилиниң жазба разылығы тийкарында, бийпул әмелге асырылады. Аутодонорлық операцияға шекем, оған таярлық процесинде ямаса операция даўамында әмелге асырылыўы мүмкин.
Режеде қан алыўдан алдын өткерилетуғын лабораториялық тексериўлер, қарсы көрсетпелер ҳәм қан ҳәм оның қурамлық бөлимлерин сақлаў мүддетлери анық белгилеп берилген. Атап айтқанда, бир мәртелик қан алыў көлеми 500 миллилитрден аспаўы керек.
Сондай-ақ, аутодонорлық шеңберинде алынған қан ҳәм оның қурамлық бөлеклерин басқа шахсларға қуйыў қатаң қадаған етиледи. Белгиленген мүддетте пайдаланылмаған қан санитариялық қағыйдаларға муўапық утилизацияланады.
Атап өтилиўинше, реже талапларын бузған шахслар нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке тартылады.