Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда әмелге асырылып атырған перспективалы инвестициялық жойбарларды додалады. Сондай-ақ, мәмлекетимизде углеродты услап турыў ҳәм сақлаў, авиация жанылғысын ислеп шығарыў ҳәм көмирди газлестириў бойынша жаңа жойбарлар көрип шығылды.
Ҳәзирги ўақытта Бухарадағы МТО комплексинде кислород ҳәм азот ислеп шығарыў бойынша жойбарларды әмелге асырылмақта ҳәм 200 миллион доллардан аслам инвестиция киргизилген. Комплекс пластмасса, автомобиль қурылысы ҳәм қурылыс сыяқлы тараўларды метанол ҳәм олефин менен тәмийинлеўге мөлшерленген.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди және де тереңлестириўге өз-ара таяр екенлигин ҳәм усы жойбарларды табыслы жуўмақлаў және жаңа жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде нәтийжели бирге ислесиў механизмлери ислеп шығылды.