Өзбекстанда БМШ Ҳаял-қызлар структурасының ўәкилханасы ашылды

    Усы жылдың 27-май күни Ташкентте "БМШ-ҳаяллар" структурасының Өзбекстандағы ўәкилханасының ашылыў мәресими болып өтти.

    Атап өтилиўинше, 2024-жыл май айында БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШ ҳаял-қызлар структурасының атқарыўшы директоры Сима Бахустың Өзбекстанға әмелге асырған сапары даўамында БМШ ҳаял-қызлар структурасының офисин Ташкентте ашыў бойынша жоқары дәрежедеги келисимге ерисилген. Бул келисим нәтийжесинде Ташкентте БМШ ҳаял-қызлар структурасының Өзбекстандағы ўәкилханасы ашылды.

    Сенат Баслығы Танзила Нарбаева БМШ ҳаял-қызлар структурасының ўәкилханасының ашылыўы мәмлекетимизде гендер теңлик тараўындағы жетискенликлердиң тән алыныўы екенин атап өтти. Еки тәреплеме байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў, коньструктивлик бирге ислесиўди избе-из раўажландырып барыўда ўәкилхана үлкен рол атқарады.

    БМШ Ҳаял-қызлар структурасының Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық директорының орынбасары Элиза Фернандес Саенс офистиң мәмлекет ҳаял-қызлары ушын шериклик, раўажланыў ҳәм үмит тымсалы сыпатындағы әҳмийетин атап өтти. Теңликке ерисиў жолы усы офистиң ашылыўы менен тамамланбайды, ал жаңа үмит ҳәм тоқтаўсыз алға умтылыў менен даўам етеди.

    БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабина Маҳл офистиң ашылыўы мәмлекеттиң инсан потенциалын раўажландырыў ҳәм гендер теңликке исенимли садықлығын тастыйықлайтуғынын, БМШ ҳаял-қызлар структурасы менен бирге ислесиў болса бул ўазыйпаларды әмелге асырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates