Социаллық тармақларда республикамыздың айырым аймақларында зыянлы шегирткелер инвазиясы басланғаны ҳаққында хабарлар жәрияланды.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң мәлим етиўинше, 2025-жылы республика бойынша 608,1 мың гектар майданда шегирткениң тарқалыўы прогноз етилген.

2025-жыл февраль-март айларында 424,0 мың гектар майданда бақлаў-қадағалаў жумыслары әмелге асырылды.

Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд ўәлаятларында 22-марттан берли 5468 гектар майданда химиялық гүрес алып барылды. Бул ўәлаятларда жәми 30 отряд дүзилип, 276 қәниге тартылған.

Сондай-ақ, химиялық гүрес илажлары Жиззақ ўәлаятында да басланды.

"Зыянлы шегиртке тарқалған аймақ ҳаққында хабардар болсаңыз 1288 ҳәм 71 202 28 88 номерлерине мүрәжат етиўиңизди сораймыз. Химиялық қайта ислеў алып барыў бийпул", - делинеди хабарда.

Мағлыўмат орнында: Өзбекстан шегирткелердиң раўажланыўы ҳәм тарқалыўы ушын ықлым жағынан қолайлы болып, шегирткелердиң тарийхый ареалы есапланады. Республика аймағында 200 түрдеги шегирткелерди ушыратыў мүмкин, олардың топар пайда етиўши 6-8 түрине қарсы ҳәр жылы химиялық гүрес илажлары алып барылады. Себеби шыбын-ширкейлер аўыл хожалығы егинлери, сексеўилзарлар ҳәм жайлаўларға зыян жеткериў қәўипи бар.