Өзбекстанда электротехника өнимлеринде қәўипли элементлерди қолланыў шекленеди

    19 тамыз 2025 495

    Ҳүкимет қарары менен "Электротехника ҳәм радиоэлектроника өнимлеринде қәўипли элементлерди қолланыўды шеклеў ҳаққында"ғы техникалық регламент тастыйықланды.

    Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.

    Оған бола, регламент Өзбекстанда айланысқа шығарылып атырған электротехника ҳәм радиоэлектроника өнимлеринде қәўипли элементлердиң қолланылыўын шеклеўге байланыслы орынланыўы мәжбүрий болған бирден-бир талапларды белгилейди.

    Электротехника ҳәм радиоэлектроника өнимлериниң пайдаланыў ҳүжжетлери мәмлекетлик тилдеги паспорт, орнатыў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў инструкциясы және оннан пайдаланыў қолланбасын өз ишине алыўы керек.

    Өзбекстанда айланысқа шығарылатуғын электротехника ҳәм радиоэлектроника өнимлериниң усы регламент талапларына муўапықлығы баҳаланыўы шәрт.

    Қадақларға электротехника ҳәм радиоэлектроника өниминиң ҳәм де ислеп шығарыўшының атамасы ҳәм (ямаса) товар белгиси жайластырылыўы керек.

    Бул регламент рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен кейин күшке киреди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates